Ellerim bardi. Xaliq ushin (Lyrics/Text) | Еллерим барды. Халық ушын (Текст)

Поделиться
HTML-код
  • Опубликовано: 21 сен 2024
  • ЕЛЛЕРИМ БАРДЫ (ELLERÍM BARDI)
    Сорасаң елимди Қожбан бизлерден,
    Қалпағы қазандай еллерим барды.
    Қәте шықса, кешириңлер сөзлерден,
    Қытай, Қонырат атлы еллерим барды.
    Жайлаўым Үргениш, арқасы - теңиз.
    Жаўырыны қақпақтай маллары семиз,
    Рухсатсыз бир-бирине салмас из,
    Бирликли Қоңырат еллерим барды.
    Табылады излегенниң кереги,
    Көлинде бар қасқалдағы, үйреги,
    Қуўлары, ғазының пүтин бүйреги,
    Дүньяның аңлары көлимде барды.
    Өтирикти ырас етип айтпаған,
    Туўры жолдан бас кетсе де қайтпаған,
    Нәмәҳрәмди ҳасла жолдас тутпаған,
    Аты қарақалпақ еллерим барды.
    Сөйлегенде шекер етер сөзиңди,
    Көргенде биймағрур етер өзиңди,
    Баҳары тойдырар еки көзиңди,
    Ләйли, Зүләйхадай қызлары барды.
    Сүйрик саўсағыңда периўза йүзик,
    Беллери қыналған бир қысым нәзик,
    Ҳәр қолында алтын-гүмис билезик,
    Салланып мәс гезен қызлары барды.
    Атқа шыққан ашамайлы-қыятта,
    Қолдаўлы-мүйтениў - барлық Қоңыратта,
    Қытай-қыпшақ, кенегесиў манғытта,
    Ат көтермес белли беглери барды.
    Гүдары белбеўи дизеге түскен,
    Бойы ақ теректи аралап өскен,
    Ғаным көрсе қайнап дәрьядай йошқан,
    Қалпақтың қалқанлы жигити барды.
    Беллескенде хан палўанын қоймаған,
    Күш-қарыўы бир бойына сыймаған,
    Шақырмаса мерекеге бармаған,
    Қоныраттың гүжектей палўаны барды.
    Ядыма түскенде кеўлим өскен,
    Көзим көрмегенше көкейим кескен.
    Жылында мийўелеп үш ирет пискен,
    Аты сүтилмектей жемисим барды.
    Сәрҳаўыз бойында саялы терек,
    Жесең тил үйирген әселиў пәлек,
    Қырында қызарып пискен геўирек,
    Қаўындай мазалы жемисим барды.
    Мал ийесин табар, сөз тапса жүйе,
    Шөбинде шәфәәт, қусында кийе,
    Теңиз етегинде болар қаншийе,
    Булардың бәршеси елимде барды.
    Көрмеген ҳайранда еслери танар,
    Үргениш наққашы мақбари минар,
    Бағларымда бисяр алмайыў-анар,
    Ҳесапсыз мазалы мийўеси барды.
    Жилўа таслап ҳәрне барын саз еткен,
    Жигитлердиң кеўлин бәҳәр, жаз еткен,
    Қасын қағып жилўә билән наз еткен,
    Бағлардың ишинде қызлары барды.
    Мен бүйерде жүрген иши зәрдели,
    Ел журтты көрмеген ағыр дәрдели,
    Кеўлимниң хошы жоқ мен ҳәм бир дәртли,
    Айтсам иште толған ҳәдийсим барды.
    Несип айдап сизиң еллерге келген,
    Ким жақсы, ким жамап парқыны билген,
    Ҳәр не барын сизге баян әйлеген,
    Қалпақтың Кәмийне Зийўары барды.
    #ellerimbardi #xaliqushin #eskiqosiqlar #qaraqalpaq #qaraqalpaqshaqosiq #berdax #ajiniyaz

Комментарии • 11

  • @azamatkalmuratov4147
    @azamatkalmuratov4147 Год назад +7

    Sorasan elimdi Qojban bizlerden bolmayma

  • @lyszhkt-lc6qz
    @lyszhkt-lc6qz Год назад +6

    Косыкты Ажинияз шайыр калай жазган болса озгертпей айтында. Бул жерде косык катарларн озгертип айткансыз олай кылман!

  • @MuxaIsa
    @MuxaIsa Год назад +2

    Қарақалпақ халықы ушын ар Намысымыз ушын Быз ТАЯР бырден болмайды Әсте әсте болады Быз Аз халық болсақта саз аузымыз быр болуы керек Себебы быз Ру бар қан Таза елмыз

  • @shiyrinabdijemilova7723
    @shiyrinabdijemilova7723 10 месяцев назад

    Зорғо.

  • @kamalallamberenov6718
    @kamalallamberenov6718 9 месяцев назад +1

    Халық ушын қосығын хəр куни Қарақалпақстан телевиденисинде хəм радиосында берилсе екен келешек əуладдты патриотлық руухта тəрбиясына жақсы болар еди

  • @Сарби-ж4ю
    @Сарби-ж4ю 8 месяцев назад +1

    ❤КАРАКАЛПАК ❤
    ❤ЕЛЛЕРИМ БАРДЫ❤
    ❤КАРАКАЛПАК ❤
    ❤РЕСПУБЛИКАСЫ ❤
    ❤❤❤❤❤❤❤❤❤❤ 1:26

  • @user-kk6xl1tg9c
    @user-kk6xl1tg9c Год назад +2

    Текстинин..барин айтыу керекда

  • @AzizaErimova-x8o
    @AzizaErimova-x8o 3 месяца назад

    Corasan. Elmbl. Xojban. Blzlerden. Qalpagl. Qazanday. Ellerlm. Bardl. Otlrlktl. Iras. Etip. Aitpaqan. Bas. Ketsede. Dwwri. Joldan. Kaitpaqan. Ati . Karakalpak. Ellerim. Bardi. Dep. Dwris. Aitaik. Doslar

  • @ХанумжанАуезбаева

    Текст озгерген.
    Ол дурс емес еп ойлайман

  • @mneviyoutube
    @mneviyoutube 11 месяцев назад

    Мынанын созин озгертип не кылажаксан Ажинияды горинде тик тургызажаксанба

  • @joker0213qq
    @joker0213qq Год назад +2

    Ne qilip qoysiz qosiqti buzip shontoq shayirlar sizler bar qosiqtida joq qilasizlar Bul turista iltimas alip taslañ minani Ajinyaz shayirdi siylasañiz juwabi kutemen