Qoraqalpog'iston Respublikasi Davlat bayrog'i qabul qilingan ku'n

Поделиться
HTML-код
  • Опубликовано: 9 фев 2025
  • БӘЛЕНТТЕ ЖЕЛБИРЕ МУДАМ БАЙРАҒЫМ
    Тарийх жылнамасын ақтарып қайтсам,
    Тыңлар адам барма дәртимди айтсам,
    Деймен тәрийпиңди жәҳанге жайсам,
    Бәлентте желбире мудам байрағым.
    Өтти сенсиз нешше сүргин заманлар,
    Услаў несийп етпей батыр бабамлар,
    Әрман еткен Ерназар, Айдос, Маманлар,
    Бәлентте желбире мудам байрағым.
    Пүткил елге таныттырған Туранды,
    Халқымның мәдети тирек ураны,
    Талпынған қус киби ушқан қыраны,
    Миллетим нышаны көзим байрағым.
    Қарақалпақ ким екенин ескертип,
    Мәрт Массагет урпақларын еслетип,
    Ҳеш ким усламағай сени пәслетип,
    Бәлентте желбире мудам байрағым.
    Бес қалам бар сенде жарқын жулдызым,
    Қызыл жолақлары болған қырмызым,
    Мақтаныш етеди ҳәрбир ул-қызың,
    Бәлентте желбире мудам байрағым.
    Сен бар болсаң онда менде тиримен,
    Көтерилсең жыр төгилер тилимнен,
    Сени сүйген перзентиңниң биримен,
    Тирек-қалқанымсаң өзиң байрағым.
    Сениң менен мақтансын бул жасларың,
    Көкирек керип тикке услап басларын,
    Көтерилсең шырайланар аспаным,
    Бәлентте желбире мениң байрағым.
    Д Айтжанова
    t.me/ibratli_s...

Комментарии •