Қарақалпақстанның әййемги тарийхый естеликлеринен Шылпық
HTML-код
- Опубликовано: 6 фев 2025
- Қарақалпақстан аймағы тарийхый, археологиялық ҳәм мәдений естеликлерге жүдә бай. Әййемги қалаларды, тарийхый естеликлерди қорғаў, изертлеў ҳәм оларды жәмийетшиликке нәсиятлаў әҳмийетли мәселелердиң бири болып есапланады. Себеби ҳәр бир естелик тарийхый затлар ҳәм ҳүжжетлер халқымыздың тарийхы, бизиң мәдениятымыз ҳәм мақтанышымыз. Жәҳәнге аты белгили Туран ойпатының тийкарғы отырықшы халықларының бири саналған қарақалпақлар мәканы болған бизиң бул муқаддес Ана-Ўатанымыз, узақ әсирлер даўамында Орайлық Азиядағы жәҳән мәдениятының әййемги орайларының бири болды десек қәтелеспеймиз. Уллы еки дәрья -Жайҳун, Сайҳун аралығында жайласқан бул теберик диярда буннан еки ярым мың жыллар бурын илим, билим ҳәм мәденият орайларына айланған ири қалалар бой тиклеп, олар пүткил жәҳәнге Қойқырылған қала, Миздакхан, Топыраққала, Айбүйир қала, Жамбасқала, Ақшахан қала, Дәўкескен қала, Аяз қала, Кердер қала ҳәм тағы басқа да тарийхый атамалар менен танылды ҳәм дүньялық мәденияттың алтын қорынан орын алды. Дүнья халықларына таң, ал, биз ушын муқаддес бул үлкеде усы қалалардан басқа да әжайып тарийхый ескерткишлик сыпаттағы орынлардың көплиги бизлер ушын айрықша мақтаныш. Республикамыздың орайлық бөлегинде Султан Ўәйис, Арқа батысында Жайҳун бойын жағалап Шылпық, Қара төбе, Бес төбе сыяқлы төбеликлер жайласқан. Қарақалпақстанның әййемги тарийхый естелиги - Шылпық. Шылпық төбеси - сүўрети республикамыздың суверенлик нышанларының бири болған Гербтен орын алған. Әмиўдәрья районына жайласқан тарийхый орын. Шылпық төбеси туўралы дахма, Авесто дәўиринен, яғный буннан 2700 жыл бурын жасап өткенге динге сыйыныўшылардың орны болғанлығы айтылады. Шылпық естелигине бириншилерден болып С.П. Толстов тәрепинен изертлеў жумыслары жүргизилип, бул қурылма конус тәризли төбешик болып, оның бәлентлиги 35,40 метрге шамалас. Шылпық қурылмасы бизиң эрамыздың басларында қурылған дахма болыўы мүмкин деген пикир жүрипти. Бул қурылманың төбесинде жасаўға бейимлеп исленбегенлигин атап көрсетеди. Естеликтиң жоқары майдандағы тасларында сақланған жазыўлар менен сүўретлердиң елеспесиз болып қалған излери жүдә ерте дәўирге тийисли екенлигине анықлама береди. Ал, археолог илимпаз Ю.П.Манилов өзиниң изертлеў жумысларының жуўмағынан келип шығып, Шылпық қурылмасының толық жабық шеңбер емеслигин, ол сәл қыялаў болып, оның шығыстан батысқа қараған тәрепи 79 метр, ал, арқа менен қубла тәрепи 65 метрди қурайды, төбешиктиң басына шеңбер тәризли салынған пақса дийўалдың бийиклиги 15 метрди қурайды деп көрсеткен.Шылпық - Алтын әсир мийрасы. Шылпық төбешиги тәбияты гөззал таў етегинде, қалың тоғайзарлықлар менен қоршалған. Әмиўдәрья жағасына жақын жайласқан, Уллы Жипек жолы дәрбентинде қурылған, шар тәрепти узақтан көрип бақлап турыўшы хызметин атқарыўшы қорған төбешикке уқсайды. Шылпыққа байланыслы ҳәр қыйлы рәўиятлар, әпсаналар көп.
Олардың айырымларын алым А. Вамбери жазып алған. Бул рәўиятта бир патшаның қолына бенде болып түскен батыр жигитке патшаның қызы ашық болып, сол жигит пенен сарайдан қашып шығып Шылпық қорғанына жасырынған. Олар керекли азық-аўқат, ишимлик суў ушын Шылпық пенен Әмиўдәрья аралығына исленген жер асты жолы арқалы қатнасық етип турған. Усындай муҳаббаттың гүўасы болған Шылпық естелиги кейинги ўақытлары халық зияратлайтуғын орынға айланып кеткенлигин дәлиллейди.
Жуўмақ. Туран диярындағы қарақалпақлар өзиниң миллий-тарийхый мийрасларын, бабаларымыздан қалған инсаный пазыйлет ҳәм дәстүр-қәделерди ардақлап, келешек әўладларға жеткериўди ўазыйпа билген саҳрайы халық саналады. Тарийхый естеликлерди қорғаў ҳәм оларды жәмийетшиликке нәсиятлаў бизиң мәмлекетимиз қуралған күнлерден баслап-ақ ең бир әҳмийетли мәселе болды. Себеби ҳәр бир естелик тарийхый затлар ҳәм ҳүжжетлер халқымыздың тарийхы, бизиң мәдениятымыз ҳәм мақтанышымыз. Жуўмақластырып айтатуғын болсақ, ата-бабаларымыздың мың жыллар даўамында дөреткен мийраслары барқулла халқымыз ушын қудиретли руўхый азық болып хызмет етеди. Бул мультимедияны жаратыўда Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайы фондындағы әдебиятлардан пайдаланылды. Бул мультимедия Үлкетаныў мағлыўматлары секторы ҳәмде Мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм рақамластырыў хызмети тәрепинен таярланды.
Шылпық деген не мағананы білдіреді